Тил билген ел биледи. Бүгин шет тиллерин жетик үйрениў ҳәм меңгериў дәўир талабы есапланды. Бул бағдарда Өзбекстан мәмлекетлик көркем онер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында профессор-оқытыўшылардың шет тиллери бойынша билимин жетилистириў бойынша орай шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, студент-жаслардың шет-тиллин үйрениўге болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде «Talented students» дөгереги жолға қойылған болып, студентлердиң инглис тилин өзлестириўинде хызмет етип келмекте.
Буннан басқа да филиалда қәнигелик пәнлердиң инглис тилинде өтилиўине де айрықша итибар қаратылған.
«Мәденият ҳәм китапхана искерлиги» кафедрасы аға оқытыўшысы, экономика илимлери бойынша философия докторы (PhD) Г.Абипова «Мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў» тәлим бағдары 3-курс студентлерине инглис тилинде Көркем өнер менежменти ҳәм маркетинги пәнинен «Theater management» темасында ашық сабақ өтип, теманың мазмунын студентлерге емин еркин түсиндире алды.



Өткерилген ашық сабақта студент-жаслар да сабақ бойынша инглис тилинде пикир алысты.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()