Ассистент оқытыўшы лаўазымына Халық дөретиўшилиги» кафедрасына 1 ставка (Саз-әсбап атқарыўшылығы бағдары бойынша).
Ассистент оқытыўшы лаўазымы «Халық дөретиўшилиги» кафедрасына 1 ставка (Музыкалық тәлим бағдары бойынша).
Ассистент оқытыўшы лаўазымы «Халық дөретиўшилиги» кафедрасына 1 ставка (Вокал атқарыўшылығы бағдары бойынша).
Ассистент оқытыўшы лаўазымы «Мәденият ҳәм китапхана искерлиги» кафедрасына 1 ставка (Мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў бағдары бойынша)
Ассистент оқытыўшы лаўазымы «Социал-гуманитар пәнлер» кафедрасына 0,5 ставка (Әдебияттаныў бағдары бойынша)
Ассистент оқытыўшы лаўазымы «Социал-гуманитар пәнлер» кафедрасына 0,5 ставка (Педагогика бағдары бойынша).
Ассистент оқытыўшы лаўазымы ушын таңлаўға тийисли қәнигелик бойынша жоқары мағлыўматқа ийе болған пуқаралар (магистр, дипломлы қәнийге) қатнасыўы мүмкин.
Таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер тәрепинен директордың атына арза, кадрларды есапқа алыў бойынша жеке ис қағазы, дипломлардың түп нусқасы ҳәм көширмеси, илимий жумыслар дизими ҳәм де қәнигелигин жетилистирилгенлиги ҳақкындағы гүўалығының көширмеси тапсырылады.
Арзалар дағаза жәрияланған күннен баслап бир ай мүддет даўамында қабыл етиледи. Таңлаў шәртлери бойынша қосымша мағлыўматлар ҳаққында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Кеңесине мүрәжат етсеңиз болады.
Мәнзилимиз: Нөкис қаласы, Қарақалпакстан көшеси номерсиз жай, бағдар бурынғы Нөкис экономика колледжи.
Мағлыўмат ушын телефон: (61) 224-29-02.
![]()