Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында әҳмийетли мәселелерге бағышланған илаж болып өтти. Оған директор орынбасарлары, факультет деканы, кафедра баслықлары, тьютор қәнигелери ҳәм бөлим баслықлар қатнасты.
Мәжилисте филиал директоры А.Аяпов алып барды ҳәм соңғы жыллары мәмлекетимизде жоқары билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, әсиресе, билимлдендириўдиң сапасын жақсылаў бағдарында жүргизилип атырған жумысларды айрықша атап өтти.

Илажда оқыў процесси менен байланыслы болған мәселлелерге жуўапкершилик пенен қараў, жоқары уйымлардан келген хатлардың олрынланыўы, студентлердиң тәлим-тәрбиясы, сабаққа қатнасы, тәртип-интизам, шәртнама төлемлерин ўақтында өндириў, кийиниў мәдениятына итибар қаратыў кереклиги атап өтилди. Крейде жасаўшы студент-жаслардың ҳал-жағдайынан хабар алыў, олардың жасаў шараятларын үйрениў кереклиги бойынша жуўапкерлерге ўазыйпалар белгиленди.


Сондай-ақ, мәжилисте Президентимиз тәрепинен қабыл етилген «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бүгинги болып өтетуғын филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары тәрепинен таярланған бағдарламасын шөлкемлескенлик түрде көтериңки руўхта өткериўге айрықша итибар қаратыў кереклиги атап өтилди.
Илаж соңында алдағы ўазыйпалар белгиленип алынды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()