Китап оқыў адам баласының руўхый дүньясын жетилитириў менен бирге, турмыстан өз орнын табыўда оғада әҳмийетли болып табылады. Сонлықтан елимизде жаслар арасында китапкумарлық мәдениятын арттырыў ҳәм китап өнимлерин баспадан шығарыўға айрықша итибар қаратылмақта.
21-май – Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана системасы хызметкерлери күни мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында илаж болып өтти.
Илажда филиал директоры мәсләҳәтшиси Қ.Якубов ҳәм Жаслар мененислесиў, руўхый ҳәм ағартыўшылық бөлим баслығы С.Абатбаевлар шығып сөйлеп, филиал мәлимлеме ресурс орайы хызметкерлерин кәсиплик байрамы менен қутлықлап, елимизде китапқумарлық мәдениятын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтти.


Бүгинги күнде филиал мәлимлеме ресурс орайы китап фондында 15883 китап бар болып, сонанан 2462 нускада сабаклык, 4687 нускада окыў қолланба, 5571 нускада көркем әдебият, 163 нускада басқа түрдеги әдебиятларға ийе. Ҳәзирги ўақытта китапханада үш хызметкер жумыс алып бармақта. Әлбетте, бул китаплар жаслардың қәнигеликлери бойынша көнликпелерин арттырыў ҳәм маман қәнигелер болып жетилисиўинде әҳмийетли есапланады.


Илаж соңында китапхана хызметкерлерине Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()