Усы жыл 2-июнь күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында кеңес мәжилиси болып өтти. Оған филиал администрация хызметкерлери, кафедра баслықлар ҳәм профессор-оқытыўшылар катнасты.
Илажды Филиал директоры, филиалогия илимлериниң кандидаты А.Аяпов басқарып барды. Мәжилисте дәслеп Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары Аттестация Комиссиясына профессор ҳәм доцентлик лаўазымын алыў ушын талабанлардың ҳүжжетлерин усыныўы мәселеси бойынша Филиал Кеңеси хаткери А.Оразов шығып сөйледи. Усынылған мәселе Кеңес ағзалары тәрепинен мақулланды.

Буннан соң Оқыў бөлими баслығы Б.Турдиев шығып сөйлеп, 2022-2023 оқыў жылында профессор-оқытыўшылардың қәнигелигин жетилистириў бойынша алдағы режелер, кафедралардың 2022-2023 окыў жылына ҳүжжетлер жыйнағын (акт таярлықларын, ис бағдарламаларын) тастыйықлаў бағдарында алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Мәжилисте «Мәденият ҳәм китапхана искерлиги» кафедрасы баслығы Г.Сапарбаева, Филиал психолгы А.Юсупова, Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў ҳәм мониторинг ҳәм ишки қадағалаў бөлим баслығы Ш.Дощанов, сондай-ақ, Маркетинг ҳәм студентлер әмелияты бөлими қәнигеси Г.Исаевалардың мағлыўматлары тыңланды.




Илаж соңында окыў жылының жуўмақланыўына байланыслы жуўмақлаўшы қадағалаў жумысларын ўақтында өткериў, қадағалаў, студент-жасларды әмелиятқа жибериў, питкериў қәнигелик жумысларын сапалы етип өткериўде жуўапкершилик пенен қараў, сондай-ақ, басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша ўазыйпалар белгиленип алынды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()