ҚУРЫЛЫС ЖУМЫСЛАРЫ ҚЫЗҒЫН АЛЫП БАРЫЛМАҚТА

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 07.06.2022

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 28-декабрдеги  «2021-2023 жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер хәм мәденият институты Нөкис филиалында 300 орынлы жатақхана имараты жаңадан қурылмақта. Тоғыз қабаттан ибарат болған жатақхананың қурылыс жумыслары «TREST 4» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қолы гүл қурлысшылары тәрепинен қызғын алып барылмақта.

 Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер хәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры А.Аяпов, филиал директорының Жаслар мәселелери, руўхый ҳәм ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары А.Өтепбергенов ҳәм Ислер басқармасы баслығы Т.Хожаниязовлар жаңадан қурылып атырған 300 орынлы жатақхананың қурылыс жумыслары менен танысты.

Жатақхана имаратын жаңа оқыў жылында пайдаланыўға тапсылыўы режелестирилген.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...