СТУДЕНТЛЕР АТА-АНАСЫ ҚУШАҒЫНДА

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 29.12.2021

Усы жыл 25-декабрь сәнесинен баслап жоқары оқыў орынларында билим алып атырған студентлер ушын Президент дем алысы берилди. Байрам алдынан ҳәр бир студенттиң ата-анасына Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы администрациясы атынан миннетдаршылық хаты жолланды. Хәзирги ўақытта студент-жаслар өз үйлеринде филиал администрациясының ата-аналарға жоллаған байрам қутлықлаўын оқып берип, оларды қуўанышқа бөлемекте.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...