Студентлер филиал мәлимлеме-ресурс орайында

Avtor: Gulsara Jartibaeva
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 03.10.2023

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы «Техноген ҳәм драматургия» кафедрасы оқытыўшысы Г.Палўанова «Кино сыншылығы» қәнигелиги 1-курс студентлери менен биргеликте филиал мәлимлеме-ресурс орайында болды.

Бунда китапхана хызметкерлери студент-жасларды китапханаға ағза болыў, китапларды алыў ҳәм қайтарыў басқада қағыйдалары менен толық таныстырып өтти. Кейинги үш ай даўамында китапхана фондын байытыўда филиал профессор-оқытыўшылары белсене қатнасып келмекте. Атап айтқанда О.Қыдырниязова Ж.Хожанов, Г.Ходжаметова, С.Балтаниязов, З.Юлдашева ҳәм У.Абдуллаевалар өзлериниң салмақлы үлеслерин қосып келмекте.  

Филиал мәлимлеме-ресурс орайының фонды 16469 китап бар болып, 2550 сабақлық, 5050 оқыў қолланба, 5885 көркем әдебият, 3284 нусқада басқа түрдеги әдебиятларға ийе. Фонддағы барлық сабақлық ҳәм оқыў қолланбаларын unilibarary.uz платформасына жайғастырыў жумысларын алып бармақта.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...