Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 6-ноябрдеги қабыл етилген «Өзбекстанның жаңа раўажланыў дәўиринде тәлим-тәрбия ҳәм илим-билимлендириў тараўларын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПФ-6108-санлы пәрманында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен нәтийжели жумыслар алып барылмақта.
Жаслардың илимге, билим алыўға болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде филиал профессор-окытыўшылары Беруний районындағы 24-санлы ҳәм Елликкала районындағы 51-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде болып питкериўши класс оқыўшыларының ата-аналары менен сәўбетлесиў өткерди.
Онда «Мәденият ҳәм китапхана хабар искерлиги» кафедрасы баслығы Г.Сапарбаева, усы кафедраның оқытыўшысы М.Худайбергенова, сондай-ақ, «Социал гуманитар пәнлер» кафедрасы баслығы Л.Уразова ҳәм усы кафедраның оқытыўшысы С.Кожалепесовлар шығып сөйлеп, питкериўши жасларды жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўге болған қызығыўшылығын арттырыўда филиалда бар болған тәлим жөнелислер ҳаққында жыйналғанларға түсиник берди.



ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хызмети.
![]()