Нөкис районы «Қрантаў» АПЖ аймағындағы районлық ХББне қараслы 3-23-30-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде «Бир зыялы бир мәҳәллеге руўхый қәўендер» ҳәмде «Бир нураный бес жасқа устаз» принципи шеңберинде ушырасыў болып өтти.
Оған Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылары ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкем ўәкиллери қатнасты.


Онда Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы «Техноген ҳәм драматургия көркем өнери» кафедрасы баслығы К.Заретдинов, районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң кекселер менен ислесиў бойынша орынбасары Ж.Қайыпов, районлық Руўхыйлық ҳәм ағартыў бөлими басшысы Н.Тоимбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде жүз берип атырған жаңаланыўлар менен өзгерислер, мәҳәллелерде социаллық – руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырган жумысларға айрықша тоқтап өтилди. Илажда аймақ нураныйлериде де шығып сөйлеп, өзлериниң мийнет ҳәм турмыслық тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда жасларға ақыл нәсият сөзлерин айтып өтти. Ушырасыў соңында филиал студент-жаслары тәрепинен миллий саз әспабларда жанлы ҳаўазда қосықлар атқарылып, қатнасыўшыларға өзгеше заўық бағышлады.

![]()