Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институти Нөкис филиалы 1-курс «Музыкалы драма актёрлығы» тәлим бағдары студент-жаслары қатнасыўында филиал психологы тәрепинен «Түскинликтиң алдын алыў ҳәм жасларды позитив өмирге бағдарлаў» атамасында психологиялық тренинг өткерилди.
Онда филиал психологы А.Юсупова қатнасыўшыларға шаңарақта миллий қәдириятлардың тутқан орны, студент-жаслар арасында мүнәсибетлерди дурыс жолға қойыў, олар арасында келип шығатуғын келиспеўшилик ҳалатларының алдын алыў бойынша түсиниклер берди.
Тренингде буннан басқа да, девиант минез кулқын аныклаў бойынша методикалық сораўнама өткерилди.


Илаж соңында студентлер өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Филиал психологы: А.Юсупова.
![]()