УЛЛЫ БАБАМЫЗ ӨМИРИ ҲӘМ ДӨРЕТИЎШИЛИГИНЕ АРНАЛДЫ

Avtor: uzdsminfadmin
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 11.02.2021

Ғәззел мүлкиниң султаны, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, уллы бабамыз Әлийшер Наўайының туўылғанына быйыл 580 жыл толды. Усы мүнәсибет пенен Ташкент информациялық технологилар университети Нөкис филиалында уллы бабамыз өмири ҳәм дөретиўшилиге арналған көркем әдебий кеше болып өтти.

Онда ТАТУ Нөкис филиалы профессор оқытыўшылары, студентлери, жазыўшы-шайырлар ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студент-жаслары қатнасты.

Илажда қатнасыўшылар тәрепинен уллы бабамыздың мийраслары, олардың изертлениў бағдарлары ҳәм бүгинги күн ушын да әҳийетли болған терең мәнили қунлы дөретпелери ҳаққында кен түрде түсиник берилди.

Буннан соң, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студентлери тәрепинен таярланған саҳналық көринислер атқарылып, шығармаларынан үзиндилер оқылды.

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...