Усы жыл 21-22-май күнлери Әндижан ўәлаятында «Жаслар форумы» өткерилди. Онда ҳәр ўәлаяттан 12 жас қатнасып, Қарақалпақстанлы жаслар арасында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы 1-курс студенти Айбек Өтеўлиевте қатнасты.
«Жаслар форумын» өткериўден гөзленген тийкарғы мақсети – жаслар арасында дослық мүнәсибетлерин беккемлеў, сәўбетлесиў, инновациялық идеялар бойынша пикир-алмасыў, соның менен бирге Әндижан қаласында жаслар ушын жаратылған имканиятлар менен жақыннан таныстырыў болып табылады.



Өткерилген форумда түрли илажлар, викторина ойынлары, спорт жарыслары, сондай-ақ, Әндижан қаласының дыққатқа ылайық орынларына саяхатлар шөлкемлестирилди, – дейди Кино телевидение ҳәм радио сес режиссёрлығы тәлим бағдары 1-курс студенти А.Өтеўлиев. – Илаж шеңберинде Әндижан ўәлаяты ҳәкими менен ушырасыў өткерилди. Хоновад саўалландырыў орайында болдық. Күн бата қатнасыўшы жаслар от әтирапында жыйналысып, бир-биримиз бенен жақыннан сәўбетлестик, қосықлар айттық. Әсиресе, Қарақалпақстанлы жаслар атқарыўындағы «Айдынлар» қосығы жыйналғанларға өзгеше заўық бағышлады. Ертесине Асака районында болып, автомобиль ислеп шығаратуғын заводқа саяхат шөлкемлестирилди. Ол жердеги жумыс процесин тамашаладық. Буннан соң, жасларды кәсип бағдарлаўда өнер үйретиўге қаратылған «Халықты кәсип өнерге оқытыў орайы» жумысы менен таныстық.
Әлбетте еки күн даўамында өткерилген жаслар форумы қатнасыўшыларда умытылмас мәўритлер қалдырғаны анық.
Бийбисара Жартыбаева,
ҚМУ «Мәлимлеме хызмети ҳәм жәмийетшилик пенен байланыслар» тәлим бағдары 1-курс студенти.
![]()