Елимиздиң барлық орынларында мектеп питкериўшилериниң «Соңғы қоңыраў» кешеси жоқары дәрежеде өткерилмекте. Усындай илажлардың бири пайтахтымыздағы 45-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып өтти. Оған мектеп жәмәәти, питкериўши жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Дәслеп, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимни жаңлады.


Илажда мектеп директоры П.Қурбаниязов ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы директоры А.Аяповлар шығып сөйлеп, Президентимиздиң мектеп питкериўши жасларға жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди. Сондай-ақ, билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформалар, елимизде жаслардың билим алыўы ушын жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, ата-аналары ҳәм устазларының исенимин ақлап, жоқары оқыў орынларына кирип, келешекте таңлаған кәсибиниң жетик устасы болып жетилисиўине тилеклеслик билдирдирип, оларға ҳақ жол тиледи.


Жоқары дәрежеде өткерилген «соңғы қоңыраў» кешеси мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хызмети.
![]()