Қазақстанлы оқытыўшы студентлерге онлайн сабақ өтти

Avtor: uzdsminfadmin
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 21.05.2021

Усы 21-май күни М.Әўезов атындағы Қубла-Қазақстан мәмлекетлик университети «Ɵнер» кафедрасы аға-оқытыўшысы Еркебулан Жолдасов Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы «Режиссура ҳәм актер шеберлиги» кафедрасы студентлерине «Актер шеберлиги ҳәм режиссура» пәнинен онлайн түринде ашық сабақ өтти.

Сабақ даўамында Е.Жолдасов студентлерге театр ҳәм кино режиссурасы, ондағы актер шеберлиги, театр ҳәм кино көркем өнериниң бүгинги жағдайы ҳәм машқалалары, бул тараўға жас кадрларды таярлаўдың өзгешеликлери ҳаққында кең түрде айтып берди. Сабақ интерактив усылды өткерилип, онда студентлер де сабақ тематикасы бойынша өз пикирлерин билдирди ҳәм сораўларына жуўаплар алды. Мағлыўма ушын айтып өтиўимиз тийис М.Әўезов атындағы Қубла-Қазақстан мәмлекетлик университети «Ɵнер» кафедрасы аға-оқытыўшысы Еркебулан Жолдасовтың филиал студент-жасларына өтип атырған екинши сабағы болып табылады. Сондай-ак, ол 2019-жылдың декабрь айында филиалда мийманда болып, студентлерге шеберлик сабағын өткен еди.

Б.Султамуратов

Халықаралық бирге ислесиў бөлимибаслығы.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...