ҚМУ СТУДЕНТЛЕРИ ӘМЕЛИЯТТА

Avtor: uzdsminfadmin
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 24.05.2021

Бүгинги күнде дерлик барлық мәмлекетлик басқарыў уйымлары, мәкеме, шөлкем ҳәм жоқары оқыў орынларында жәмийетшилик пенен байланысларды жолға қойыўда баспасөз хызметлери жолға қойылған.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети «Мәлимлеме хызмети ҳәм жәмийетшилик пенен байланыслар» тәлим бағдарында билим алып атырған студентлер теориялық билимлерин беккемлеўде баспасөз хызметлери ҳәрекет етип турған мәкемелерге 24-май сәнесинен баслап еки ҳәптелик әмелият өтеўге жиберилди.

Әмелият өтеў орнымыз Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы болып, бул жерде филиал баспасөз хызметиниң алып барып атырған жумыслары менен таныстық. Онда филиал қурамындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бөлими баслығы Қ.Қалекеев, баспасөз хызмети қәнигеси Т.Даўлетмуратовлар менен ушырасып, филиал турмысы, баспасөз хызмети тәрепинен алып барылып атырған жумыслар, филиал веб-сайты, телеграмм каналында жарытылған материаллар менен таныстырып өтти.

Ушырасыў соңында ўазыйпалар белгиленип алынды.

Бийбисара Жартыбаева,

Рабиға Сәрсенбаева,

ҚМУ «Мәлимлеме хызмети ҳәм жәмийетшилик пенен байланыслар» тәлим бағдары 1-курс студентлери. 

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...