«ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫ ЗОРЛЫҚ ҲӘМ ҚОРЛАӮЛАРДАН АСЫРАӮ» АТАМАСЫНДА УШЫРАСЫӮ КЕШЕСИ ӨТКЕРИЛДИ

Avtor: uzdsminfadmin
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 24.05.2021

Бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерине сөзсиз әмел етилиўин тәмийинлеў, мийнет ҳуқықын қорғаў ҳәм ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Усы мүнәсибет пенен бүгин, 24-май күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденияты институты Нөкис филиалының мәжилислер залында талаба –жаслар арасында «Ҳаял-қызларды зорлық ҳәм қорлаӯлардан асыраӯ» темасында ушырасыӯ кешеси өткерилди. Илажға Нөкис қаласы ишки ислер органын жумысларын муӯапықластырыӯ басқармасы ҳуқық бузыӯшылықлар профилактикасы бөлими ҳаял-қызлар мәселеси бойынша инспекторы, лейтенат Айгүл Таңирбергенова қатнасты.

Ушырасыӯды филиал директорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша ҳуқық мәсләҳәтшиси Оралхан Қыдырниязова алып барды.

Ушырасыӯда мәмлекетимизде ҳаял-қызларымызға жәмийетимиздиң барлық тараўларында үлкен имканият есиклериниң ашылғанлығы, олардың жәмийетлик сиясий ҳәм мәмлекетлик басқарыўындағы қатнасының жетерли дәрежеде тәмийинленип атырғанлығы сөз етилди.

Әлбетте, бундай үлкен итибар ҳәм ғамқорлықлардың түп негизинде Конституциямызда белгилеп қойылған ҳуқық ҳәм қағыйдалардың турғанлығын терең сезинемиз.

Конституциямыздың 46-статьясында «Ҳаял-қызлар ҳәм ерлердиң тең ҳуқықлы» екенлиги қатаң белгиленген болса, 63-статьяда шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны екенлиги, жәмийет ҳәм мәмлекет қорғаўында болатуғынлығы, неке тәреплердиң ықтыярлы разылығы ҳәм тең ҳуқықлығына тийкарланатуғынлығы толық кепилленген.

Усылар менен қатар, 65-статьяда «Аналық ҳәм балалықтың мәмлекет тәрепинен қорғалыўы кепилленген»лиги белгилеп өтилген.

Сондай-ақ, ҳаял-қызларымыздың социаллық қорғалыўын тәмийинлеў мақсетинде соңғы жылларда қабыл етилген Президентимиз пәрманлары менен бир қатар нызамларда ҳаял-қызларды социаллық жақтан хошаметлеўдиң ҳуқықый негизлери беккемленип барылмақта.

Ушырасыӯда ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги ўазыйпаларға тоқтап өтилди.

Ушырасыӯ қатнасыӯшылары өзлерин қызықтырған сораӯларына  жуӯаплар алды.

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...