ҲӘПТЕЛИК ШЕҢБЕРИНДЕ СПОРТТЫҢ ВОЛЕЙБОЛ ТҮРИ БОЙЫНША ЖАРЫС ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 10.02.2023

“11-февраль – Илим-билимлендириў тараўындағы ҳаял-қызлар” күни алдынан Өзбекистан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 6-11-февраль күнлери аралығында ҳәптелик илажлар өткерилиўи белгиленген.  

Ҳәптелик шеңберинде филиал Спорт клубы тәрепинен1-курс студентқызларарасында спорттың волейбол түри бойынша жарыс шөлкемлестирилди.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыста Китапхана хабар искерлиги тәлим бағдары 1-курс студент қызлары биринши, Мәденият мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў тәлим бағдары 1-курс студент қызлары екинши ҳәм Музыкалы театр режиссёрлығы тәлим бағдары 1-курс студент қызлары үшинши орынды жеңип алыўға миясар болды.

Жарыс жеңимпазлары ҳәптелик жуўмағында сыйлықланады. 

Ҳәптелик илажлары даўам етпекте.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...