Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың усы жылы 8-март күни Халықаралық Ҳаял-қызлар байрамына арналған кешедеги шығып сөйлеген сөзлерин үлкен қызығыўшылық ҳәм дыққат пенен тыңладым. Атап өтиў керек, тек ғана бул салтанатлы кешеде емес, президентимиздиң ҳәр бир шығып сөйлеўлерин қызығыўшылық пенен тыңлап бараман. Сондай-ақ, ҳәр бир шығып сөйлеўинде әлбетте ҳаял-қызларымызға және жасларымызға көплеген имканиятлар жаратып бериў, олардың билим алыўы ҳәм келешек әўладларымызды тәрбиялаўда үлкен-үлкен имканиятлар жаратып берип атыр. Ҳаял-қызларымыздың билим, илим алыўлары ушын көплеген имканиятлар жаратылып атыр, буны тек ғана айтып емес, ис жүзинде де көрип гүўасы болып атырмыз. Ҳаял-қызлардың жоқары билим алыўы, исбилерменлик жумысларын жүритиўи ушын субцидиялардың ажыратылыўы ҳәм тағы басқада имканиятлардың жаратылыўы бийкарға емес. Себеби келешек әўладларымызды тәрбиялаўда ҳаял-қызларымыздың орны оғада үлкен. Ҳаял-қызларымыздың руўхый дүньясын байытыў, оларға жол-жобалар бериўде аянбай мийнет етип, оларды ўатансүйиўшиликке тәрбиялаўда өз үлесимизди қосыўымыз лазым.
Әлбетте, усындай жеңилликлер ҳәм имканиятлардан көркем өнер тараўы хызметкерлериде шетте қалып атырған жоқ, атап өтетуғын болсақ, 2023-жылы мәденият ҳәм көркем өнери тараўы ҳаял-қызлары ушында үлкен жетискенликлер жылы болды десем қәтелеспеймен. Себеби, мәденият ҳәм көркем өнер тараўында өрнекли мийнет етип киятырған бир қатар ҳаял-қызларымызға доцент, профессор атақлары берилди. Бул да болса өз кәсибине болған сүйиспеншилигин арттырса, ал, келешекте буннанда былай өз алдыларына үлкен ўазыйпалар белгилеўге түртки болды. Усындай мүмкиншиликлер ҳәм имканиятлардан үнемли пайдаланып елимиздиң раўажланыўына өз үлесин қосыў биз ҳаял-қызларымыз ушын үлкен ўазыйпаларды белгилеп береди.
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы, Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор-мәсләҳәтшиси, «Ўатан пидәйысы» көкирек нышаны ийеси О.Кдырниязова.
![]()