ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРҒА АЙРЫҚША ҲҮРМЕТ КӨРСЕТИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 05.03.2022

«8-март Халықаралық ҳаял-қызлар күни» мехрийбан аналарымыз, дилбар қызларымыз, шаңарағымыздың уйтқысы болған үй бекелерине деген айрықша ҳүрметтиң көриниси сыпатында тән алынады. Сәне мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында байрам кешеси өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдыев ҳәм Филиал директоры А.Аяповлар шығып сөйлап, жыйналғанларды жасарыў ҳәм жаңаланыў паслының дәслепки байрамы менен қызғын қутлықлады.

Буннан соң, байрам мүнәсибети менен филиалға көп жыллық мийнети сиңген ҳәм жәмиетлик жумысларда белсендилик көрсетип киятырған бир топар профессор-оқытыўшылар «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы» көкирек белгиси сыйлықланады.

Жаслардың келешекке нық қәдем таслап, жәмийетте, турмыста өз орнына ийе болыўында, оқытыўшы ҳаял-қызларымыздың мийнети айрықша. Бүгинги күнде филиалда жасларға илим-билим сырларын үйретип атырған профессор-оқытыўшылардың 47 процентин ҳаял-қызлар қурайды. Олар арасынан 5 илим кандидаты, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, «Ниҳол» сыйлығы лауреаты, «Зульфия» атындағы мәмлекетлик сыйлық ийелериниң бар екенлиги жәмәәт ушын үлкен мақтаныш есапланады.

Илаж соңында қатнасыўшыларға байрам саўғалары тапсырылып, концерт бағдарламасы қойып берилди. Әсиресе, «Халық дөретиўшилиги» кафедрасы оқытыўшысы Н.Қаллибеков тәрепинен атқарылған «Сүймеўге болмайды сүймейин десем» атлы қосығы жыйналғанларға өзгеше заўық бағышлады.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...