Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳукықбузарлықлардың алдын алыў мәселесине бағышланған профилактикалық илаж өткерилди.
Оған ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери ҳәм сыртқы тәлим бағдары студент-жаслар қатнасты.

Илажды филиал диреторының Ҳаял-кызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси О.Кдырниязова алып барды. Онда Қаракалпакстан Республикасы ИИМ Жәмийетлик қәуипсизлик хызмети, Жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы, Айрықша тапсырмалар бойынша аға инспекторы, майор А.Рахимов, усы басқарманың Патруль пост хызмети батальоны, отряд командири, майор А.Төремов ҳәм филиал директор мәсләҳәтшиси Қ.Якубов, филиал инспекторы Н.Еримбетовлар жасларды жәмийетимизге жат болған қәўиплерден қорғаў, оларды ана Ўатанға ҳүрмет ҳәм миллий қәдириятлар руўхында тәрбиялаў баслы ўазыйпалардан саналатуғынлығы атап өтти.


Бул бағдарда студент-жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўде түрли дөгереклерге қамтып алыў, спорт сексияларына тартыў мәселелери бойынша да атап өтилди. Бул бағдардағы жумысларды күшейтиўде үгит-нәсият илажларын турақлы түрде алып барыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.



Филиал баспасөз хызмети.
![]()