ҲУҚЫҚ ҚОРҒАЎ УЙЫМЫ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИНИҢ ҚАТНАСЫЎЫНДА ПРОФИЛАКТИКАЛЫҚ ИЛАЖ ӨТКЕРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 13.04.2023

Өзбекстан мәмлекетлик кѳркем ѳнер ҳәм мәденият институты Нѳкис филиалында ҳаял-қызлар арасында жынаятшылықтыӊ алдын алыўда ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлериниң қатнасыўында илаж болып өтти.

Ушырасыўды Өзбекстан мәмлекетлик кѳркем ѳнер ҳәм мәденият институты Нѳкис филиалы Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор-мәсләҳәтшиси О.Кдырниязова алып барды.

Онда Нөкис қаласы Ишки ислер уйымы жумысларын муўапықластырыў басқармасы баслығының бириниши орынбасары А.Салиев, усы басқарманың Жынаят қыдырыӱ бөлими баслығы, майор А.Даулетмуратов, Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлими ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспектор, подполковник А.Наменова ҳәм филиал профилактика инспекторы Н.Еримбетовлар шығып сөйлеп, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бағдарында алып барылып атырған жумыслар, жүргизилип атырған профилактикалық илажларға қарамай жаслар әсиресе, ҳаял-қызларымыз арасында ушырасып атырған жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықларға тоқтап өтти.

Илажда атап өтилгениндей, елимизде жасларға әсиресе, ҳаял-қызларға деген итибар, олардың жумыс ислеўи, билим алыўы, исбилерменлик пенен шуғылланыўы, өзин-өзи жумыс пенен тәмийинлеў, улыўма социаллық жағдайларын жақсылаўда алып барылып атырған жумысларды айрықша атап өтип, усындай имканиятлардан пайдаланып, мәмлекетимиздиң гүллеп раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғын қәнигелер болып жетилисиў кереклиги атап өтилди.  

Илаж соңында студентлер өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler