Өзбекстан мәмлекетлик кѳркем ѳнер ҳәм мәденият институты Нѳкис филиалы профессор-оқытыўшылары тәрепинен Нөкис қаласындағы 30-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде питкериўши класс оқыўшылары менен ушырасып, оларға шеберлик сабағын өтти.
Ушырасыўда Социал-гуманитар пәнлер кафедрасыннан А.Прекеева ҳәм С.Файзуллаева, Халық дөретиўшилиги кафедрасынан Н.Қаллибеков ҳәм «Техноген ҳәм драматургия көркем өнери» кафедрасынан Р.Ниетуллаев ҳәм Ш.Бауетдиновлар мектеп оқыўшыларына филиалдағы тәлим бағдарлар, студентлердиң жетискенликлери ҳаққында мағлыўмат берип өтти.
Илаж соңында оқыўшыларға китап саўға етилди. Халық дөретиўшилиги кафедрасы аға оқытыўшысы Н.Қаллибеков жанлы ҳаўазда халық қосықларынан атқарып, қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.





Филиал баспасөз хызмети
![]()