СПОРТТЫҢ «ШАХМАТ-ШАШКА» ТҮРИ БОЙЫНША ЖАРЫС ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 13.12.2022

Өзбекистан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Спорт клубы тәрепиненстудент-жаслар арасында спорттың «Шахмат-шашка» түри бойынша жарыс болып өтти.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыста ер балалар арасында Мәденият мәкемелерин шөлкмлестириў ҳәм басқарыў тәлим бағдары 1-курс студенти Ж.Қыдырбаев биринши, Китапхана хабар искерлиги тәлим бағдары 2-курс студенти Р.Азизов екинши орынды, ал үшинши орынды Қосық ҳәм ойын тәлим бағдарының 1-курс студенти А.Абдуллаевлар  жеңип алыўға миясар болды.

Сондай-ақ, қыз балалар арасында өткерилген жарыста Мәденият ҳәм көркем өнер мекемелерин шөлкемлестириӯ ҳәм басқарыў тәлим бағдары 1-курс студенти О.Қайпанова ҳәм Г.Жамалатдиновалар биринши, Китапхана хабар искерлиги тәлим бағдары 1-курс студенти Д.Турсынбаева ҳәм Бақсышылқ ҳәм дәстаншылық тәлим бағдары 1-курс студенти М.Тилеўмуратовалар екинши орынды қолға киргизди.

Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом тапсырылды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler