Өзбекистан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Спорт клубы тәрепиненстудент-жаслар арасында спорттың «Шахмат-шашка» түри бойынша жарыс болып өтти.
Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыста ер балалар арасында Мәденият мәкемелерин шөлкмлестириў ҳәм басқарыў тәлим бағдары 1-курс студенти Ж.Қыдырбаев биринши, Китапхана хабар искерлиги тәлим бағдары 2-курс студенти Р.Азизов екинши орынды, ал үшинши орынды Қосық ҳәм ойын тәлим бағдарының 1-курс студенти А.Абдуллаевлар жеңип алыўға миясар болды.


Сондай-ақ, қыз балалар арасында өткерилген жарыста Мәденият ҳәм көркем өнер мекемелерин шөлкемлестириӯ ҳәм басқарыў тәлим бағдары 1-курс студенти О.Қайпанова ҳәм Г.Жамалатдиновалар биринши, Китапхана хабар искерлиги тәлим бағдары 1-курс студенти Д.Турсынбаева ҳәм Бақсышылқ ҳәм дәстаншылық тәлим бағдары 1-курс студенти М.Тилеўмуратовалар екинши орынды қолға киргизди.





Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом тапсырылды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()