«Ассалам Наўрыз» атамасында театрластырылған байрам кешеси болып өтти

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 14.03.2023

Шығыс халқының ояныў пасылы болған «жаңа күн», «жаңа жыл» Наўрыз байрамы быйылда үлкемизге қутлы қәдем қоймақта. Жаңаланыў ҳәм жасарыў әййямы болған Наўрызды халқымыз күн менен түнниң теңлесиўи, тәбияттың ояныўы сыпатында кең түрде белгилеп келеди.

Быйылғы Наўрыз байрамы елимизде «Ҳәр күниң Наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным»сүрени астында улыўмахалықлық сейил тәризинде көтериңкилик жағдайында белгиленбекте.

Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында театрластырылған байрам кешеси болып өтти.

Филиал имараты алды ҳәр қашанғыдан да өзгеше байрамға ылайық гөззал декорациялар менен безетилген. Оның кең майданында студент-жаслар өзлери таярлаған ҳәр қыйлы миллий тағамларымызды, ата-бабаларымыздан қалған үй буйымларын әкелип көргизбеде усынды. Сондай-ақ, жәмәәт хызметкерлери ҳәм студент-жаслар жақсы тилеклерин билдирип, сүмелекктен дәм тартты.  

Байрам илажында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев, Өзбекстан халық артисти, профессор Н.Аңсатбаев, Қарақалпақстан халық артисти Ж.Султабаев ҳәм филиал директоры А.Аяповлар шығып сөйлеп, жыйналғанларды бәҳәр аййямы – Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлады.

Буннан соң, «Тумар» ансамли ҳәм студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды. Байрам тамашалары даўамында миллий спорт ойынлары болған арқан тартысыў, тас көтериў ҳәм қол гүреси сыяқлы ойынлар өткерилип, жеңимпазлар сыйлықланды.

Ашық аспан астында өткерилген театрластырылған концерт бағдарламасы бәршениң кеўилине йош ҳәм жоқары кейпият инам етти.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...