Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында жаңа редакциядағы Конституцияға киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшаларды үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Референдум ҳәм жаслар» атамасында форум болып өтти.
Өткерилген илаж даўамында жаңа редакциядағы Конституцияның мазмун-әҳмийети түсиндирилип, ҳәр бир пуқара өткерилежақ референдумда бийпарық болмастан белсене қатнасыў кереклиги атап өтилди.
Форум көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.






![]()