Бүгин филиалда бир қатар профессор-окытыўшыларға Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Жоқары Аттестация Комиссиясы тәрепинен тастыйықланған профессор ҳәм доцент илимий атакларын тапсырыў мәресими болып өтти.
Илажда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты ректоры ў.ў.а. Э.Шерманов қатнасып, профессор ҳәм доцент илимий атакларын өз ийелерине тапсырды.
Атап айтқанда “Режиссура ҳәм актёр шеберлиги” кафедрасы доценти Марияш Исмайлова, “Халық дөретиўшилиги” кафедрасы оқытыўшылары Қурбанбай Заретдинов, Улбиби Абдуллаева, Гулбахар Ахымбетова, Мырзагүл Сапаева, Гүлнара Мунтеева, Гүлнара Алламбергеновалар профессор илимий атағы менен сыйлықланды.
Сондай-ақ, “Халық дөретиўшилиги” кафедрасы оқытыўшылары Калбай Турдиев, Бегисбай Темирбаев, Бахтияр Есемуратов, Элиза Айтниязова, Адилбек Темирбаев, “Режиссура ҳәм актёр шеберлиги” кафедрасы аға оқытыўшылары Базарбай Назарымбетов ҳәм Гулсара Жуманиязовалар доцент илимий атағы менен сыйлықланды.













Өз гезегинде диплом ийелери Ҳүкиметимиз тәрепинен мәденият ҳәм көркем өнер тараўына қаратылып атырған усындай айрықша итибары ушын өзлериниң шексиз миннетдаршылығын билдирди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаев қатнасты.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()