Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 2024-2025-оқыў жылын табыслы тамамлаған питкериўшилерге диплом тапсырыўға бағышланған «Келешек жаслары» атамасында салтанатлы кеше болып өтти.

Кешеге питкериўшилер, олардың ата-аналары, профессор-оқытыўшылар, педагог хызметкерлер, сондай-ақ, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты ректоры, профессор Н.Сайфуллаев ҳәмде Нөкис филиалы директоры А.Аяповлар шығып сөйлеп, барлық питкериўши жасларды қызғын қутлықлап, алдағы жумысларына табыслар тиледи ҳәм питкериўшилерге дипломлар тапсырылды.


Жуўмақланып атырған быйылғы оқыў жылында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалын улыўма 447 питкериўши, соннан бакалавриаттың күндизги тәлим бағдарлары бойынша 195, сыртқы тәлим бағдарлары бойынша 249 студент, ал магистратура қәнигеликлери бойынша 3 магистрант питкерип шықпақта.


Илаж көркем-өнер ҳәм мәденият хызметкерлери ҳәмде институттың талантлы студентлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.


![]()