Өзбексатан Республикасы Президенти мәсләҳәтшисиниң басшылығында исши топар ағзалары жоқары оқыў орынларының социаллық-руўхый жағдайы, студентлердиң сабаққа қатнасы, олардың пәнлерди өзлестириўи, әмелият сабақлары, студент-жаслардың сабақтан бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мәселелерин үйрениў бойынша жумыс алып барып атырғанлығы ҳаққында хабар берген едик.
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында исши топар ағзалары студент-жаслар менен ушырасты.



Ушырасыўда соңғы жыллары билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, жасларға жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў, сабақтан бос ўақытлары илим-билим, көркем өнер сырларын өзлестириў, сондай-ақ, спорт пенен шуғылланыў, көбирек китап оқыў арқалы билимлеримизди беккемлеп барыў кереклиги бойынша пикир усынысларын билдирди.





Буннан соң сабақлардың өтилиў барысын ҳәм бөлимлердиң жумысын көзден кеширди.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()