ИСШИ ТОПАР АҒЗАСЫ ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 13.12.2021

Өзбексатан Республикасы Президенти мәсләҳәтшисиниң басшылығында исши  топар ағзалары жоқары оқыў орынларының социаллық-руўхый жағдайы, студентлердиң сабаққа қатнасы, олардың пәнлерди өзлестириўи, әмелият сабақлары, студент-жаслардың сабақтан бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мәселелерин үйрениў бойынша жумыс алып барып атырғанлығы ҳаққында хабар берген едик.

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында исши топар ағзалары студент-жаслар менен ушырасты.

Ушырасыўда соңғы жыллары билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, жасларға жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў, сабақтан бос ўақытлары илим-билим, көркем өнер сырларын өзлестириў, сондай-ақ, спорт пенен шуғылланыў, көбирек китап оқыў арқалы билимлеримизди беккемлеп барыў кереклиги бойынша пикир усынысларын билдирди.

Буннан соң сабақлардың өтилиў барысын ҳәм бөлимлердиң жумысын көзден кеширди.

Филиал баспасөз хызмети. 

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...