ВИДЕОСЕЛЕКТОРДАН СОҢ ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНИП АЛЫНДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 05.03.2022

Усы жыл 4-март күни Президентимиз басшылығында жоқары оқыў орынларының студентлери жумыс ислеп дәрамат табыўлары ушын қосымша имканиятрларды жаратыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилген еди. Видеоселекторда Президентимиз тәрепинен белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында мәжилис болып өтти. Мәжлиске директор орынбасарлары, декан ҳәм кафедра баслықлары қатнасты.

Илажда филиал директоры, филология илимлериниң кандидаты А.Аяпов шығып сөйлеп, видеоселекторда атап өтилген мәселелерден келип шығып, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўде хызмет көрсетиўши оқыў курслары, спорт дөгереклери ҳәм басқа да хызметлерди шөлкемлестириў кереклигин атап өтти.

Мәжилисте студентлердиң тәлим-тәрбиясы менен шуғылланыўда тьютор қәнигелери профессор-оқытыўшылар менен биргеликте тығыз жумыс алып барыў,  сондай-ақ, студентлердиң өз үстилеринде тынымсыз изленислер алып барыў ҳәм илимге бағдарлаўда устаз-шәкирт системасын жетилистириў кереклиги атап өтилди. Ижарада турыўшы студентлер ушын ажыратылған елиў процентлик ижара төлемлерин ўақтында төлеў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Илаж соңында ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленип алынды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...