
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен 2023-2024-оқыў жылы ушын қабыллаў процесинде абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналарының кеўил-кейпиятын көтериў, сондай-ақ, пикир-усынысларын үйрениў мақсетинде тәжирийбели қәнигелерден ибарат волонтерлар топары дүзилди.
Волонтерлар топарының ўазыйпалары 1-13-август күнлери болып өтетуғын тест имтиханларында ата-аналардың кеўил-кейпиятын көтериў, олар менен сәўбетлесиў, пикир-усынысларын үйрениўде социологиялық сораўнамалар өткериў болып табылады.
Бәрше ата-аналарға жоқары кейпият тилеп, перзентлериниң тест сынақларынан табыслы өтип, студент болыў бахтына ерисиўине тилеклеслик билдиремиз.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()