Соңғы бес жылдың ишинде Мойнақ районында үлкен дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылып, район келбети жаңаша түске енди. Нәтийжеде мойнақ елимиздиң туристлик аймақларының бирине айланды. Аралбойы регионы турмысы менен танысыў ушын сырт еллерден келген қонақлардың көпшилиги биринши мойнақ қаласын көриўге асығады.

Районында әмелге асырылған абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў илажларына өз үлеслерин косыўда 2018-жылы Мойнақта Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты, усы институттың Ферғана аймақлық ҳәм Нөкис филиаллары тәрепинен «Қоқан бағы» шөлкемлестирилип, мыңға жақын түрли мийўе ҳәм декоратив нәллер отырғызылған еди. Бағ елдиң көрки дегениндей Мойнақ районы көркине шырай бағышлап турған мийўе ағашлары өткен жылы өзиниң дәслепки мийўлерин берип баслады.


Усы жылдың 25-март сәнесин баслап 5-май сәнесине шекем үлкемиз бойлап «Әҳмийетли 40 күнлик» жәрияланды. Әҳмийетли илаж шеңберинде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен «Қоқан бағы»нда абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылмақта.



Филиал баспасөз хызмети.
![]()