Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында әҳмийетли мәселелерге бағышланған мәжилис болып өтти. Оған директор орынбасарлары, факультет деканы, кафедра баслықлары ҳәм бөлим баслықлар қатнасты.

Мәжилисте филиал директоры А.Аяпов күн тәртибиндеги мәселелер бойынша оқыў процесси менен байланыслы болған мәселлелерге жуўапкершилик пенен қараў, жоқары уйымлардан келген хатлардың олрынланыўы, студентлердиң тәлим-тәрбиясы, сабаққа қатнасы, тәртип-интизам, шәртнама төлемлерин ўақтында өндириў, кийиниў мәдениятына итибар қаратыў кереклигин айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, илажда атқарыў тәртибинде хатлардың орынланыўы, келип түскен мүрәжатлар менен ислесиў бойынша Физикалық ҳәм юридикалық шахслар менен ислесиў, қадағалаў ҳәм мониторинг бөлими баслығы Ш.Дощанов ҳәм Канцелария бөлими баслығы А.Журабековлардың, сондай-ақ, халықаралақ жойбар үстинде ислеў бойынша жумысларды жетилистириў бойынша Халықаралық байланыслар бөлим баслығы Б.Султамуратовлардың мағлыўматлары тыңланды.


Мәжилисте студентлердиң тәлим-тәрбиясы, сабаққа қатнасы, тәртип-интизамы, шәртнама төлемлерин ўақтында өндириў ҳәм кийиниў мәдениятына итибар қаратыў кереклиги бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Илаж соңында ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленип алынды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()