Президентимиздиң басламасы менен басланған «Әҳмийетли 90 күн» жойбары шеңберинде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалымызда студент-жаслар қалаберсе, профессор-оқытыўшылар ҳәмде хызметкерлерди қамтып алған мазмунлы илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, филиалымыздың Мәлимлеме ресурс орайы ҳәм Ҳаял-қызлар кеңеси менен биргеликте «Ҳәр ҳәптеге бир китап» атамасында викториналық китапқумарлар лигасы шөлкемлестирилди.
Илажға белсене қатнасқан филиал оқытыўшылары ҳәм бөлим қәнигелери Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың «Қарақалпақ қызы» шығармасы бойынша сораў-жуўап көринисинде өз билим ҳәм тәжирийбелери менен бөлисип, кешеге заўық бағышлады.
Мәлимлеме ресурс орайы руўхый азық дүрданалары орайы, онда сақланып атырған китаплардың инсан турмысында әҳмийети уллы. Себеби китап халқымыздың миллий мийрасларына мақтаныш сезимин оятатуғын, китапқа болған меҳирди, сүйиспеншиликти арттыратуғын билим ҳәм тәрбияның дәреги болып есапланады. Илажда китапханаларға халқымызды, соның ишинде, жасларымызды көбирек тартыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысыўлар болды.
![]()