ӘДИЎЛИ УСТАЗ ЕСКЕ АЛЫНДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 08.05.2024

Елимизде ҳәр жылы 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» сыпатында белгиленип,  усы күни халқымыз абаданлығы жолында түрли тараўларда нәтийжели жумыс ислеп, қайтыс болған хызметкерлерди еслеў ҳәм олардың шаңарақларынан хабар алыў жақсы жолға қойылып келинбекте.

Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында тарийх илимлериниң кандидаты Пахратдин Палуаниязовтың 50 жыллығы мүнәсибети менен еслеў кешеси болып өтти. Оған  марқумның шаңарақ ағзалары, туўысқанлары, жора-жолдаслары, шәкиртлери, сондай-ақ, филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар катнасты.

Илажда филиал директоры А.Аяпов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, профессор Қ.Заретдинов, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты оқытыўшысы, педагогика илимлериниң кандидаты И.Алланиязов, «Көркем өнертаныў» кафедрасы баслығы, доцент Ж.Хожанов, Есжан бақсы атындағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби директоры, доцент А.Ережепов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Пахратдин Палуаниязовты еске алды ҳәм оның өмири, илим-билимлендириў тараўында ислеген мийнетлерин еске алды.  

Еслеў кешесинде атап өтилгениндей, П.Палуаниязов илим-билимлендириў тараўында 24 жыл мийет етти. 2013-жылдан баслап өмириниң ақырына шекем Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында басшы лаўазымында жумыс алып барды. Ол кишипейил инсан, ҳәммеге теңдей ҳүрмет, әдиўли устаз, жәмийетлик искер болыў менен бирге көплеген шәкиртлер жетистирип, оның авторлығында  үш оқыў методикалық қолланба ҳәм 50 ден артық илимий мақала ҳәм тезислери баспадан шықты.

Илажда қатнасыўшыларға П.Пахратдиновтың мийнет жолы ҳәм искерлиги ҳаққында таярланған видеоролик қойып берилип, устазлар ҳәм шәкиртлериниң аткаыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...