АЙЛЫҚ ШЕҢБЕРИНДЕГИ ИЛАЖ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 06.02.2023

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Жаслар арасында нәшебентлик ҳәм психотроп қуралларының тарқалыўының алдын алыў» атамасында профилактикалық ушырасыў болып өтти. 

Илажды Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор мәләҳәтшиси О.Қдырниязовалар алып барды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрилиги Жынаят қыдырыў басқармасы Нәшебентликке қарсы гүресиў бөлими аға оператив ўәкили, майор Р.Қаллибеков, Республикалық наркология илимий орайы нарколог-шыпакер З.Наўрызбаева ҳәм Филиал профилактика инспекторы Н.Еримбетовлар шығып сөйлеп, нәшебентликтиң инсан саламатлығына кери тәсир, келешек әўладтың өсип раўажланыўыўа кери тәсир көрсетиўши иллет екенлиги ҳаққында мағлыўмат берип өтти. 

Илажда атап өтилгениндей, елимизде жаслардың руўхый ҳәм физикалық жақтан саламат, заманогөй билим ҳәм кәсипке ийе болыўлары ушын барлық шараятлар жаратылып бериўине қарамай, айрым жасларымыздың нәшебентлик затлар менен байланыслы жынаятларға қол урыўы ҳәм нәшебентликтиң жолына кирип атырғанлығы тәшўишли жағдай. Бул өз гезегинде жаслардың нәшебентлик  жолына түсиўине алып келмекте. Бәршемиз биргеликте жасларымыз бенен сәўбетлер алып барып, бул жолдың ақыры не менен тамамланатуғынын тусиндириўмиз керек. Бул бағдарда жаслар арасында нәшебентликтиң алдын алыў мақсетинде үгит-ңасият жумысларын турақлы түрде алып барыў әҳмийетли илажлардан есапланады.

Илаж даўамындажасларға бундай жат иллетлерден аўлақ болыў ҳәм  бос ўақытларын мазмунлы өткериў, сондай-ақ, пикирлеў ҳәм руўхый дүнясын жетилистириўде көбирек әдебий китаплар оқыў, спорт пенен шуғылланыў кереклиги бойынша түсиниклер берилди.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler