Елимиз бойлап жазыўшы, шайыр, илимпазлар ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң қатнасыўында олардың дөретиўшилиги ҳәм мийнет жолын жасларға үлги тутыўда әдебий кешелер, үш әўлад ушырасыўлары өткерилмекте.
Бул бағдардағы ушырасыўлар Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында шөлкемлестирилип, студент-жаслар ҳәм жәмийетлик шөлкем ўәкиллериниң қатнасыўында Өзбекстан халық артисти, «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы профессоры Нажматдин Аңсатбаев, сондай-ақ, Белгили композитор, Халық дөретиўшилиги кафедрасы аға оқытыўшысы Нурназар Қаллибековлардың дөретиўшилигне арналған ушырасыў кешелери өткерилди. Әлбетте, бундай илажлар жасларды Ўатансүйиўшилик, сондай-ақ, оларды миллий қәдириятларға садық ҳәм кәмил инсан етип тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе есапланады.
Бүгин Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы доценти Марияш Исмайлованың дөретиўшилигине арналған ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди.

Илажда Филиал диекторы, филиология илимлериниң кандидаты А.Аяпов, «Көркем өнертаныў» факультети деканы, профессор Г.Ходжаметова, «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасы баслығы, доцент Л.Уразымбетова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, М.Исмайлованың өмир жолы, театр ҳәм кино өнериндеги дөретиўшилигин айрықша атап өтти.



Илажда атап өтилгениндей, М.Исмайлова өзиниң айрықша таланты, бай дүньяқарасы менен миллий мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримизди раўажландырыўда орны салмақлы. Оның театр ҳәм кино өнеринде аткарған рольлери, дөреткен образлары ықласбентлер қәлбинен терең орын ийелеген. Оның театр өнериндеги дәслепки репертуары миллий қаҳарманлар роллерин аткарыўдан баслап, жәҳән класик шығармаларындағы тарийхый ҳәм турмыслық әҳмийетке ийе характердеги ҳаял-қызлар образларын атқарған. Олардан Ж.Аймурзаевтың «Бердақ» шығармасында — Хүрлиман, К.Яшинның «Юлчи юлдуз»да шығармасында — Гуласел, М.Каримнинг «Ай тутылған түнде» шығармасында — Шапақ, С.Хожаниязовтың “Сүймегенге сүйкенбе» шығармасында — Айсанам, К.Рахмановтың «Жараланған жүреклер» шығармасында — Карима, А.Цагарелиның «Ханума» шығармасында — Ханума, И.Юсуповнинг «Мәнги булақ» шығармасында — Анесия, Н.Жакиевтың «Ота тақдири» шығармасында — Зухра, Мольернның «Зўраки табиб» шығармасында — Мартина, М.Шамхаловтың «Қайнона» шығармасында — Жаннат образлары, сондай-ақ, кино өнеринде «Пулдың таты», «Өмирдиң үш пасылы» ҳәм «Курорт» фильмлеринде дөреткен образлары халқымыз арасында кеңнен таралған.
М.Исмайлова филиалдың дәслепки ашылған жылынан баслап “Режиссура ҳәм актёр шеберлиги” кафедрасында жумыс алып бармақта ҳәм театр көркем өнеринде топлаған көп жыллық тәжирийбесин жасларға үйретип, оларға устазлық етип келмекте. Оның көплеген шәкиртлери илим ҳәм көркем өнер тараўы бойынша жоқары табысларды қолға киргизиб келмекте.


Және бир мақтаныш, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитетиниң 2022-жыл 8-ноябрдеги 128-санлы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2022-жыл 22-декабрдеги «Жоқары билимлендириў мәкемелеринде илим-билимлендириў тараўында жоқары нәтийжеге ерискен атақлы өзбек ҳаяллары аты менен аталыўшы стипендияны енгизиў ҳаққында» буйрығына тийкар Филиалда Марияш Исмайлова атындағы стипендия енгизилди. Әлбетте, бул филиал ушын үлкен мақтаныш есапналанды. Бул стипендия быйылғы оқыў жылынан баслап енгизилиў нәзердле тутытлған.
Ушырасыў даўамында қатнасыўшыларға М.Исмайлова рол атқарған фильм ҳәм спектакллерден үзинди қойып берилип, қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.


Илаж соңында студент-жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()