АНА ТИЛИМ – АЛТЫН  ҒӘЗИЙНЕМ АТАМАСЫНДА БАЙРАМ КЕШЕСИ БОЛЫП ӨТТИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 29.11.2022

Быйыл Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 33 жыл толады. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Ана тилим – алтын  ғәзийнем» атамасында байрам кешеси болып өтти. Оған профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Илажды филиал директоры, филология илимлериниң кандидаты А.Аяпов алып барды ҳәм жыйналғанларды байрам менен қутлықлады. Онда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Туркий тиллер кафедрасы доценти, филология илимлериниң кандидаты С.Шыннызарова шығып сөйлеп, ана тилимиздиң жәмийеттеги орны, қәдир-қымбаты, оны буннан былай да байытыўға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылып атырғанлығын айрықша атап өтти.

Илажда атап өтилгениндей, ҳәр бир миллеттиң өз ана тили болады. Оны қәстерлеп сақлаў, келешек әўладқа жеткериў ҳәр бир инсанның әдиўли миннети саналады. Ана тилимизди буннан былай да раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасы Жокарғы Кеңеси Президиумының «Қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайын ҳәм орнын және де арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Қарарға тийкар 2021-2030-жылларда қарақалпақ тилин раўажландырыў ҳәм тил сисатын жетилистириў концепциясы ислеп шығылып, бул бағдарда нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Буған мысал ретинде қарақалпақ тилинде әдебий китаплар, билимлендириў тараўында жаңа сабақлық ҳәм оқыў қолланбалар, монографиялардың баспадан шығарылыўы, шет ел әдебиятларының қарақалпақ тилине аўдармаланыўы, сондай-ақ, ана тилимизди раўажландырыўға бағышланған илимий әнжуманлар өткерилиўи ана тилимизге болған итибар ҳәм оны қәстерлеп сақлаў бағдарындағы әмелий ислердиң айқын көриниси болып есапланады.

Мағлыўматларға қарағанда, ҳәзирги ўақытта дүньяда жети мыңға шамалас тиллер болғаны менен, олардың тек 170 тен асламы өзиниң мәмлекетлик тил статусына ийе болып, олардың арасында қарақалпақ тилиниң де бар екенлиги  бизди қуўаныш ҳәм мақтаныш сезимлерге бөлейди.

Байрам кешесинде филиал студент-жаслары арасында «Ана тилим халқымның уллы зибанысаң» атамасында өткерилген шығарма жазыў таңлаўы жеңимпазлары сыйлықланды.

Илаж студент-жаслар тәрепинен таярланған театрластырылған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...