АРАЛЫҚТАН ОҚЫТЫЎ ПРОЦЕСИ НӘТИЙЖЕЛИ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛМЕКТЕ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 28.01.2022

Мәмлекетимизде эпидемиологиялық жағдайдан келип шығып коронавирус инфекциясы тарқалыўы жоқарылығын есапқа алған ҳалда арнаўлы комиссияның көрсетпесине тийкар барлық жоқары оқыў орынларында оқыў процеси усы жылдың 24-январь күнинен баслап бир ай мүддет даўамында аралықтан (онлайн форматта) алып барылмақта.

Бул бағдарда республикамыздағы барлық жоқары оқыў орынлары сыяқлы Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында да аралықтан оқытыў усылы жолға қойылды ҳәм үзликсиз билимлендириў системасын тәмийинлеўде арнаўлы платформа енгизилип, тәлим бағдарлары бойынша электрон ресурслары жаратылды.

Бунда тәлим бағдарлары бойынша электрон ресурсларға қойылатуғын талаплардан келип шығып, лекция, әмелий ҳәм слайд, темаларды беккемлеў ушын тест сораўлары, интернет ресурслары, әдебиятлар дизими, аудио ҳәм видеоматериаллар, аралық ҳәм жуўмақлаўшы қадағалаў тестлер жайластырылыўы белгиленген.

Ҳәзирги ўақытта профессор-оқытыўшылар тәрепинен студентлерге кесте тийкарында Зоом бағдарламасы арқалы сабақлар өтилмекте. Сондай-ақ, филиалда аралықтан оқытыў процесинде студентлердиң мәлимлеме ресурс орайынан пайдаланыўына да айрықша итибар қаратылған. Мәмлимлеме-ресурс орайы тәрепинен студент-жаслардың оқыўлық ҳәм көркем әдебиятлардан пайдаланыўы ушын китаплардың электрон нусқалары жаратылып, t.me/uzdsminf_arm телеграмм каналына жайластырылды.

Әлбетте, аралықтан оқытыў системасы жаңадан енгизилген технология емес. Топланған тәжирийбеден келип шығып ҳәзирги эпидемиологиялық жағдайда үзликсиз билимлендириў системасын алып барыўда аралықтан оқытыўдың сапасын арттырыў әҳмийетли болып табылады.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...