Шығыс халқының ояныў пасылы болған «жаңа күн», «жаңа жыл» Наўрыз байрамы быйылда үлкемизге қутлы қәдем қоймақта. Жаңаланыў ҳәм жасарыў әйямы болған Наўрызды халқымыз күн менен түнниң теңлесиўи, тәбияттың ояныўы сыпатында бул байрамды кең түрде белгилеп келмекте.
Үш мың жылдан зыят тарийхқа ийе болған Наўрыз – өзинде барлық миллий үрп-әдет дәстүрлеримиз бенен қәдириятларымызды жәмлегени менен халқымыз ушын оғада қәдирли есапланады. Быйылғы Наўрыз байрамы елимизде “Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!” сүрени астында улыўмахалықлық сейил тәризинде көтериңкилик жағдайында белгиленбекте.
Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында театрластырылған байрам кешеси болып өтти. Байрам илажында филиал директоры А.Аяпов шығып сөйлеп, жыйналғанларды бәҳәр аййямы – Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлады.
Әлбетте, усындай ашық аспан, тынышлық ҳүкимранлық сүрип турған ана диярымызға байрамлар жарасады. Соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылғында социаллық-эканомикалық турмысымыздың барлық тараўларында түпкиликли реформалар әмелге асырылып, соның ишинде билимлендириў тараўына да жасларымыздың оқып билим алыўы ушын барлық мүмкиншиликлер жаратып берилмекте. Бул бағдардағы жумыслардың әмелий көриниси сыпатында 2024-2025-оқыў жылында жасларымыз ушын қосымша квоталардың ажыратылыўы, сондай-ақ, магистратура басқышында оқып атырған ҳаял-қызларымыздың шәртнама төлемлери мәмлекетимиз тәрепинен төлеп берилмекте.
Соны айрықша атап өтиўмиз тийис, ҳәр жылы байрам мүнәсибети менен Ташкент ҳәм Нөкис қалаларында өткерилетуғын салтанатлы байрам илажларында филиалымыздың дөретиўши жаслары да халқымыздың белгили көркем өнер ийелериниң қатарында өз концерт бағдарламалары белсене қатнасып, өзлериниң дөретиўшилик қәбилетлерин көрсетип келмекте. Әлбетте, усындай билимли, қәбилетли жаслардың жетилисип шығыўы оларға билим берген узстазлардың, қалаберсе жәмәәтимиз ушын үлкен мақтаныш есапланады.
Байрам илажында ҳәр қыйлы миллий тағамларымызды, ата-бабаларымыздан қалған үй буйымларын әкелип көргизбеде усынды. Байрам тамашалары даўамында миллий спорт ойынлары болған арқан тартысыў, тас көтериў ҳәм қол гүреси сыяқлы ойынлар өткерилип, жеңимпазлар сыйлықланды.
Байрам кешесинде «Тумар» ансамбли ҳәм студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды. Ашық аспан астында өткерилген театрластырылған концерт бағдарламасы бәршениң кеўилине йош ҳәм жоқары кейпият инам етти.
Байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министири Бегис Темирбаев қатнасты.
Филиал баспасөз хызмети
![]()