Соңғы жыллары елимизде ат спортын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда ат спорты орайлары шөлкемлестирилип, ипподромлар заманагөй түске ендирилмекте.
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Тьютор қәнигелери тәрепинен студент-жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўде Қарақалпақстан Республикасы Миллий гвардия басқармасының аймақлық оқыў орайына экскурсия шөлкемлестирилди. Ол жерде студент-жаслар ат спорты бойынша қәнигелер менен ушырасып, көплеген мағлыўматларға ийе болды.



Филиал баспсөз хызмети.
![]()