АТАҚЛЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ҒАЙРАТКЕР, ӨЗБЕКСТАН ҚАҲАРМАНЫ МУСА ЕРНИЯЗОВТЫҢ МИЙНЕТЛЕРИ ЕСКЕ АЛЫНДЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 22.12.2022

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында белгили мәмлекетлик ҳәм жәмиетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязовты еслеў кешеси болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев ҳәм филиал директоры А.Аяповлар белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Ерниязовтың өмир жолы, республикамыздың социал-экономикалық раўажланыўы, Аралбойындағы экологиялық жағдайды жақсылаў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарында ислеген мийнетлерин айрықша атап өтти.

Илажда атап өтилгениндей, мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Ерниязов басшылығында республикамызда көркем өнер ҳәм мәденият тараўына қаратылған үлкен итибар, жасларды көркем өнерге мәдениятқа бағдарлаў ҳәм оларлды қоллап-қуўатлаўда музыка ҳәм көркем өнер мектеплери, сондай-ақ, жоқары оқыў орынларының ашылыўында ислеген жумыслары еске алынды.

Филиал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...