Хабарыңыз бар, усы жыл 2-ноябрь күни Әлишер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий кино көркем өнери сарайында миллий мәдениятымыз ҳәм көркем-өнеримиз пидайысы Бахтияр Сайфуллаевтың жарқын естелигине арнап, «Бахтияр Сайфуллаев. Соңғы демине шекем» деп аталған ҳүжжетли фильмниң презентациясы болып өткен еди.
Фильмде Бахтияр Сайфуллаевтың пидәкерли мийнетлери, инсаныйлық пазыйлетлери, басшылық, шөлкемлестириўшилик, устазлық пазыйлетлери тәсиршең ҳәм мазмунлы ашып берилген.
Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында Бахтияр Сайфуллаевтың жарқын естелигине арнап, Өзбекстан Миллий кино көркем өнери сарайында «Бахтияр Сайфуллаев. Соңғы демине шекем» деп аталған ҳүжжетли фильм филиал жәмәәти ҳәм студент-жасларына усынылды.


Илажда филиал директоры А.Аяпов, «Режиссура көркем өнери» кафедрасы профессоры, Өзбекстан халық артисти Н.Аңсатбаев ҳәм «Халық дөретиўшилиги» факультети деканы Қ.Турдиевлар шығып сөйлеп, жәмийетлик искер, көркем өнер ҳәм мәденият тараўының жан күйери Бахтияр Сайфуллаевтың өмир жолы ҳәм искерлиги ҳаққында жыйналғанларға мағлыўмат берип өтти.


Буннан соң, ҳүжжетли фильм жыйналғанлар нәзерине усынылды.


Усы орында Бахтияр Сайфуллаевтың мийнет жолы ҳаққында айтып өтетуғын болсақ, ол 1972-жылы Республика жас тамашагөйлер театры актёры ҳәм режиссёры сыпатында жумыс баслады. Соңынан Ташкент мәмлекетлик мәденият институты үлкен оқытыўшысы, факультет деканы орынбасары, факультет деканы ўазыйпаларында мийнет етти. Өз жумысы даўамында республика көлеминде ғалабалық мәдений илажларды шөлкемлестириў бойынша шебер режиссёр сыпатында танылды. Наўрыз, Ғәрезсизлик байрамлары, түрли мәмлекетлик көлеминдеги концертлер, мәдений илажлар, жас дөретиўшилер ушын көплеген таңлаўларды шөлкемлестириўде пидайылық көрсетти. Бахтияр Сайфуллаев 2005-2020-жыллары мәденият министриниң биринши орынбасары, мәденият министри сыяқлы лаўазымларында нәтийжели мийнет етти. 2012-2020-жыллары Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтында, Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясында ректор сыпатында жумыс алып барды. 2020-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети баслығы болып, жумысы даўамында мәмлекетимизде мәденият ҳәм жаслар сиясатын әмелге асырыў, физикалық тәрбия ҳәм спорт тараўын раўажландырыў, бул бағдардағы ҳуқықый базаны және де жеделлестириўде нәтийжели мийнет етти.
![]()