Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студент-жаслары Тақыятас районы балалар үйинде мийманда болып, өзлери таярлап келген концерт бағдарламасын усынды. Бунда студент-жаслар эстрада ҳәм халық дөретиўшилиги жөнелисинде әжайып қосықлары ҳәм саҳналық көринислери менен балаларға бир әлем қуўаныш инам етти. Буннан соң, балалар үйи тәрбияланыўшылары да өзлери тәрепинен таярланған сахналық көринислерин мийманларға қойып берди.







«Балаларға бериң дүньяны» дегендей, балаларға бахытлы балалық, меҳир ҳәм қуўаныш бериўимиз керек. Концерт бағдарламамыз арқалы балалар кеўилине жыллылық алып кире алған болсақ буннан шексиз қуўанышлымыз, – дейди филиал Ҳаял-қызлар кеңеси баслығы О.Кдырниязова.
Илаж даўамында қызықлы ойынлар шөлкемлестирилди.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()