Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында жаслар тәлим-тәрбиясы мәселелерине бағышланған илаж болып өтти. Оған директор орынбасарлары, декан, бөлим баслықлар, кафедра баслықлары ҳәм профессор-оқытыўшылар қатнасты.
Илажды филиал директоры А.Аяпов басқарып барды ҳәм елимиде жаслардың оқып билим алыўы, кәсип өнерге бағдарлаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, бул бағдарда нәтийжели жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын айрықша атап өтти.

Буннан соң директор мәсләҳәтшиси Қ.Якубов шығып сөйлеп, елимизде жасларға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде әмелге асырылып атырған реформалар, бул бағдардағы илажларда жаслардың белсендилигин арттырыў, сондай-ақ, бүгинги мәлимлеме коммуникация технологиялары раўажланған дәўирде жаслар тәлим-тәрбиясына айрықша итибар қаратыў, оларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, елимиздиң гүллеп раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўдай ийгиликли ислерге бағдарлаў, ғалабалық мәденияттың түрли тәсирлеринен қорғаў, сөйлеў әдеби, кийиниў мәдениятына итибар қаратыў кереклиги бойынша түсиник берип өтти.


Илаж соңында ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленип алынды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()