БАСЛЫ ЎАЗЫЙПА – ЖАСЛАР ТӘЛИМ ТӘРБИЯСЫ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 13.09.2022

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында жәмийетлик шөлкем ҳәм дин уйымы ўәкиллериниң қатнасыўында жаслар тәлим тәрбиясы қабыл етилген пәрманның мазмун әҳмийетине бағышланған илаж болып өтти.

Ушырасыўды Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор-мәсләҳәтшиси О.Кдырниязова басқарып барды. Онда Дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Републикасы аймақлық басқармасының ҳаял-қызлар мəселелери ҳəм  Дин ислери бойынша қәнигелери Б.Айымбетова, Қарақалпақстан Республикасы Қазыяты, Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша қазы жәрдемшиси Т.Досымбетова, сондай-ақ, филиал директоры мәсләҳәтшиси Қ.Якубовлар шығып сөйлеп, Президентмиз тәрепинен республикамыздың социаллық-экономикалық раўажланыўын буннан былай да арттырыўға қаратылған «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманының мазмун әҳмийетин, пәрманда айрықша атап өтилген билимлендириў тараўында қосымша имканиятлар ҳәм инсан капиталының раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўге шараят жаратыў баслы бағдар етип белгиленгени айрықша атап өтилди.

Бүгинги күнде жасларымызға бир қанша имканиятлар жаратылып берилип атырған бир пайытта жасларымыздың  спорт, илим-билим ҳәм мәденият тараўы болама яки басқада тараўларда өзлериниң талантларын жүзеге көрсетиўде тек ғана алға ҳәрекет етиў кереклиги, тынышлықтың қәдирине шүкиршилик етип жасаўымыз кереклигин, тыныш татыў елде жасаўдың өзи үлкен бахыт екенлиги айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ, илада халқымыздың миллий қәдириятларын ҳәм мәдений мийрасларын сақлаў, ен жайдырыў, әўлатдан-әўлатқа жеткериў, динимизге, жәмийетимизге жат болған иллетлерден аўлақ болыў, көбирек пайдалы ислер менен бәнт болыў, китап оқыў кереклиги бойынша да өзлериниң баҳалы пикирлерин билдирип өтти.

Илаж соңында қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўлары бойынша қәнигелерге мүрәжат етип, тийисли жуўап алды.

Филмал баспасөз хызмети.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...