«БАСШЫ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ ИМИДЖИНИ ЖАРАТЫЎ» АТАМАСЫНДА ИЛАЖ ӨТКЕРИЛДИ

Avtor: ÓzMKÓMI Nókis filialı baspasóz xızmeti
Gruppa: Jańalıqlar
Sáne: 11.02.2025

Соңғы жыллары мәмлекетимизде гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орнын ҳәм абырайын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Усының нәтийжесинде мәмлекетлик басқарыўда ҳаял-қызлардың саны артып бармақта. Ҳаял-қызлардың ерлер менен тең ҳуқықлы болып, елимизде тараўлардың раўажланыўына үлес қосып атырғанлығы ҳәр бир исте айқын көзге тасланбақта. Әсиресе, жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсетип киятырған ҳаял-қызлардың мийнетлери ҳәр қандай мақтаўға ылайықлы болып, олардың ерискен табыслары жасларға өрнек болса арзыйды.

Усы мүнәсибет пенен, бүгин, 10-февраль күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының Ҳаял-қызлар кеңеси ҳәм ағзалары тәрепинен «Басшы ҳаял-қызлардың имиджини жаратыў» атамасында ушырасыў ҳәм сәўбетлесиў кешеси болып өтти.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи директоры, депутат А.Юсупова студент-қызларға жәмийетлик жумысларындағы ҳәм шаңарақтағы тәжирийбелери менен ортақласты.

Илажды филиал директорының Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси О.Кыдырниязова басқарып барды.

Илажда депутат А.Юсупова жәмийетимиздеги белсенди ҳаял-қызлар, оларға жаратылып атырған шараятларға тоқтап өтип, өзиниң ерискен жетискенликлери ҳәм қолға киргизген табыслары ҳаққында кең түрде айтып берди.

Инсанның ең таза туйғылары, дәслепки турмыслық түсиник ҳәм тәжирийбелери биринши болып шаңарақ қушағында қәлиплеседи. Баланың минез-қулқын, дүньяға көзқарасын белгилейтуғын жақсылық, меҳир-ақыбет, ар-намыс сыяқлы мәнаўий қәдириятлар шаңарақ орталығында кәмал табады. Бүгинги илаж шаңарақ ҳәм оның жәмийеттеги орнын, шаңарақтың муқаддеслигин үгит-нәсиятлаўға, жас қызлардың сиясий-ҳуқықый саўатлылығын жоқарылатыўға қалаберсе, шаңарақ жумысларын қоса жәмийетлик жумысларға да белсендилин көрсетип киятырған ҳаял-қызларымызды улығлаўға қаратылған.

Илажда депутат А.Юсупова студент жасларға Президентимиз тәрепинен жаратылып берилип атырған имканиятлардан үнемли пайдаланып, келешекте өз кәсибине садық жетик кадрлар болып жетилисиўине шақырды.

Ушырасыў қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Loading

Paydalı derekler

Загрузка...