Өзбекстан мәмлекетлик көркем онер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Биз зорлыққа қарсымыз» атамасында семинар-тренинг болып өтти. Семинарды Хаял-қызлар мәселелери бойынша директор мәсләҳәтшиси О.Кдырниязова басқарып барды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Ҳукықбузарлықлар профилактикасы баскармасы баслығы орынбасары Х.Рейимкулова ҳәм директор мәсләҳәтшиси Қ.Якубовлар шығып сөйлеп, басым өткериў ҳәм зорлық иллетиниң унамсыз ақыбетлери, зорлықтан қорғаўдың ҳуқықый тикарлары ҳаққында түсиник берип өтти.


Илажда атап өтилгениндей, зорлық яки басым өткериў бул бир адамның екинши бир адамға қарата ис-ҳәрекетлери яғный, ол физикалық жақтан басым өткериў, руўхый жақтан басым өткериў, сондай-ақ, жынысый ҳәм экономикалық зорлық (басым откериў жолы менен ақша өндириў) сыяқлы көринислерде болады.

Мағлыўмат ушын атап өтиўимиз тийис, басым өткериў, зорлық бул пүткил дүнья жүзи машқаласы есапланып, бул унамсыз иллеттиң алдын алыўда Бирлескен миллетлер шөлкеми тәрепинен 25-ноябрь сәнесин «Ҳаял-қызларға қарата зорлыққа тыйым бериў халықаралық күни» етип белгиленген.
Илажда студент-жаслар зорлық пенен байланыслы болған унамсыз ақыбетлер ҳәм бийпарқ болмаў, бундай ҳәрекетлерден аўлақ болыў кереклиги бойынша көплеген мағлыўматларға ийе болды.
Филиал баспасөз хызмети.
![]()